Өзбекстан Президенти Япония делегациясын қабыллады

1113

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-февраль күни Япония Бас министриниң арнаўлы кеңесгөйи Акихиса Нагасима басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Өзбекстан менен Япония арасында дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, көп тәреплеме бирге ислесиўди ҳәм әмелий шерикликти кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Арнаўлы кеңесгөй Акихиса Нагасима мәмлекетимиз басшысына Япония Бас министри Сигеру Исибаның сәлемин ҳәм жеке хатын жеткерди.

Япония Өзбекстанда нызам үстинлигине тийкарланған еркин ҳәм ашық-айдын халықаралық бирге ислесиўди тәмийинлеўде ҳәм беккемлеўде өзиниң исенимли ҳәм узақ мүддетли стратегиялық шеригин көрип атырғаны атап өтилди.

Япония ҳүкимети экономикалық ҳәм инновациялық бирге ислесиў, энергетика, санаат, инфраструктура ҳәм социаллық тараўлардағы кооперация, жедел билимлендириў ҳәм мәдений алмасыўлар, туризм ҳәм мийнет миграциясы бағдарламалары, сондай-ақ, нәтийжели регионаллық бирге ислесиў сыяқлы кең көлемли бағдарларда еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

2024-жылы мәмлекетлер арасындағы товар алмасыўдың көлеми 35 процентке артты. Японияның жетекши компания ҳәм банклери менен жойбарлар портфели 12 миллиард доллардан зыятты қурамақта. Өзбекстанда 100 ге шамалас биргеликтеги кәрхана ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, Өзбекстан-Япония орайы табыслы жумыс алып бармақта.

Өзбекстан жетекшиси жоқары дәрежедеги қызғын сөйлесиўлер ҳәм өз-ара сапарларды даўам еттириў зәрүрлигин атап өтти. Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм қаржылық-техникалық тараўлардағы, соның ишинде Япония ҳүкиметиниң Раўажланыўға жәрдемлесиў бағдарламасы шеңбериндеги бирге ислесиўдиң  күн тәртиби мазмунлы екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Япония ҳүкиметине усы жылдың апрель айында Осака қаласында басланатуғын «Экспо» пүткил жер жүзилик көргизбесин табыслы өткериўин тиледи.

Болажақ «Орайлық Азия + Япония» форматындағы биринши саммитке таярлық шеңберинде регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

ӨзА