Ливан БМШқа шағым жоллады

Ливан Сыртқы ислер министрлиги Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Қәўипсизлик Кеңесине шағым менен мүрәжат етип, Израильдың оқ атыўын тоқтатыў бойынша келисимди қайта-қайта бузғанынан қәўетерленди, деп жазды «Irna news».
Наразылық хатында Израильдың ҳәрекетлери 1701-санлы резолюцияға қайшы екени, үйлерди ўайран етиў, адамларды урлаў ҳәм пуқараларға ҳүжим жасаў даўам етип атырғаны айтылған.
Ливан халықаралық жәмийетшиликти бул қағыйда бузылыў жағдайларын сапластырыў ҳәм халықты қорғаўға дәрҳал итибар қаратып, шара көриўге шақырмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги