Әзербайжан РФ тәрепке Бакудеги «Рус үйи» жумысын тоқтатыў ҳаққында нота жиберди

445

– Мәмлекетимиз әллеқашан «Рус үйи»ниң жумысын сапластырыў ҳаққында қарар қабыл еткенин есапқа алып, Россия тәрепи тийисли илажлар көриўин күтемиз,-деди Әзербайдан СИМ баспасөз хаткери Айхан Ҳажизада.

Оның атап өтиўинше, Әзербайжан аймағында бундай шөлкемлердиң жумысы жергиликли нызамлар тийкарында тәртипке салынады.

– Баку РФ тәрепине «Россотрудничество»ның Әзербайжандағы ўәкилханасы болған мәлимлеме-мәдений орай – «Россия үйи» юридикалық тәреп сыпатында дизимнен өтпегени ҳәм үлке нызамшылығын аўыр бузғаны ҳаққында мәлим етти. Буннан соң, 2025-жыл 3-февральда рәсмий Москваға Россия палатасының жумысын тоқтатыў ҳаққында нота жиберилди,-делинеди Сыртқы ислер министрлигиниң хабарында.

«Россотрудничество» басшысы Евгений Примаков Бакуде рус мәденият орайы мәселесинде ақылға уғрас шешим табылыўына үмит билдирди. Оның атап өтиўинше, «Рус үйи» тек ғана гуманитарлық бирге ислесиў менен шуғылланады ҳәм сиясатқа араласпайды.

– Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери арасында жумыс алып барылмақта,-деди ол. – Россия тәрепинен ижараға алынған имарат ийеси болса имаратларды 1,5 ай ишинде босатыўды талап етпекте.

Примаковтың мәлим етиўинше, Баку «Рус үйи» жергиликли нызамшылыққа бола юридикалық тәреп сыпатында дизинен өткерилиўи керек екенлигин айтқан. Сондай-ақ, ол «Рус үйи»н Американың USAID шөлкеми менен салыстырыўды сынға алып, бул орай тек ғана гуманитарлық бирге ислесиў менен шуғылланғанын еслетип өтти.

С.Раҳимов, ӨзА