«Miss America» Австралияда ядро саўдасын тиклемекши

Ядро инженери ҳәм «Miss America» таңлаўының бурынғы жеңимпазы Грейс Станке дерлик 30 жыл даўмаында қадаған етилген атом энергиясының абзаллықлары айтылатуғын 10 күнлик гастроль сапары менен Австралияға барды, деп жазды «CNN» басылымы.
22 жасар гөззаллық мәлийкасы ҳәзир АҚШтың энергетика гиганты «Constellation»да баспасөз хаткери ҳәм инженер сыпатында жумыс алып барады.
Станкениң сапары Австралиядағы нәзик бир ўақытта, оппозициядағы Либерал партияны ҳәкимият басына қойыўы мүмкин болған миллий сайлаўлардан бир неше ай бурын жүз бермекте.
Бир неше күн даўамында Станке «Nuclear for Australia» (NFА) қайырқомлық шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген илажларда жүзлеген австралиялылар менен сәўбетлести.
Қарақалпақстан хабар агентлиги