Өзбекстан – Малайзия: билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў

431

«Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде жоқары билимлендириў тараўындағы имканиятлар ҳәм басламалар» темасында биринши Өзбекстан-Малайзия билимлендириў форумы болып өтти.

Халықаралық форумда «Жасыл экономика» ҳәм туризм мәселелери», сондай-ақ, «Санаат революциясы 5,0, жасалма интеллект ҳәм метатехнологиялар» темаларына бағышланған сессияларда еки мәмлекет ушын әҳмийетли болған илимий ҳәм технологиялық мәселелер додаланды.

Малайзия – Өзбекстан Жоқары билимлендириў форумы ҳәм көргизбесинде жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм сырт ел компаниялары менен көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў және әмелий басқышқа өтиўге қаратылған өз-ара түсинисиў меморандумларына қол қойылды. Форумда билимлендириў ҳәм илим тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди және еки мәмлекет жоқары билимлендириў мәкемелери арасында 50 ден аслам шәртнама ҳәм меморандумларға қол қойылды.

Малайзия – Өзбекстан  билимлендириў форумы шеңберинде Малайзия Перлис университети, Султан Идрис педагогикалық университети ҳәм Бухара инженерлик-технология институты арасында Меморандумға қол қойылды.

– Меморандумда Малайзия Перлис университети ҳәм Бухара инженерлик-технология институты менен биргеликте магистратура қәнигеликлери бойынша «жасыл экономика» ҳәм инклюзив билимлендириў нормаларына тийкарланған ҳалда биргеликтеги билимлендириў бағдарламасын жолға қойыў болып табылады, – дейди институт ректоры Садоқат Сиддиқова. – Сондай-ақ, Бухара инженерлик-технология институтында биргеликте «Жасыл қурылыс материаллары» илимий-изертлеў лабораториясын шөлкемлестириў, Магистратура ҳәм оннан кейинги (РhD) басқыштағы излениўшилерге еки билимлендириў шөлкеминен басшы тайынлаўдан ибарат болып табылады.

Академиялық мобильлик ҳәм профессор-оқытыўшылардың стажировкаларын шөлкемлестириў, илимий журналлар редакциялары ағзалығына ҳәр еки тәрептен жетекши профессор-оқытыўшыларды киргизиў, Cradle Fund, MaGIC (Malaysian Global Innovation & Creativity Centre), Tamarai Ventures сыяқлы  инвестициялық  компаниялар менен сырт ел инвестицияларын start-ap жойбарларына тартыў келисимлерин әмелге асырыў болып табылады. Султан Идрис педагогикалық университети менен «Жасыл университетлер, жасыл экономика, ақыллы қалалар ҳәм инновациялар» жойбары бойынша бирге ислесиў сыяқлы келисимлерге ерисиледи.

Малайзия-Өзбекстан билимлендириў форумында Петронас технология университети ҳәм Бухара инжеренлик-технология институты арасында нефть, газ ҳәм энергетика тараўлары ушын қәнигелер таярлаў, олардың маманлығын арттырыў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА