БМШ АҚШ тарифлериниң дүнья экономикасына тәсиринен қәўетерде екенин билдирди

388

БМШ саўда шеклеўлери, соның ишинде, Қурама Штатлардың енгизип атырған жаңа тарифлери дүнья экономикасына унамсыз тәсир көрсетиўинен қәўетерде екенин билдирди.

– Бундай илажлар әсиресе, раўажланып атырған мәмлекетлерде қаржы машқалаларын және де күшейтиўи мүмкин,-деди шөлкемниң рәсмий ўәкили Стефан Дюжаррик Нью-Йорктағы брифингте.

БМШ баспасөз хаткери АҚШ жаңа ҳәкимшилигиниң Мексика, Канада ҳәм Қытайдан импорт етилетуғын товарларға бажылар енгизиў ҳаққындағы қарарына мүнәсибет билдирип, дүнья экономикасы әлле қашан төмен өсиў дәўирин басынан өткерип атырғаны ҳәм саўда тосқынлықларының күшейиўи әззи топарлардың жағдайын және де төменлететуғынын атап өтти.

Оның сөзлерине бола, саўда шеклеўлери күшейгенине қарамастан, айырым мәмлекетлер еле де Жәҳән Саўда Шөлкеми (ЖСШ) қағыйдаларына әмел етпекте, бул болса дүнья экономикасында турақлылық ҳәм исенимге үлес қосады.

Алдын, БМШтың Экономикалық ҳәм социаллық мәселелер бойынша департаментиниң ўәкили Григор  Агабекян жоқары тарифлер ҳәм саўда шеклеўлери қосымша баҳа шынжырларын бузыўы, өндирис процеси ҳәм трансшегаралық инвестицияларға зыян жеткериўи, импорт баҳаларының артыўына ҳәм өсиў пәтлерине тәсир етиўи мүмкин екенлиги ҳаққында ескерткен еди.

С.Раҳимов, ӨзА