Қоршаған орталыққа байланыслы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаў раўажланады

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық қатнасықлар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Онда «Қоршаған орталық пенен байланыслы болған мәселелер бойынша қарарлар қабыл етиў процесинде жәмийетшиликтиң мәлимлеме алыў имканияты, қатнасыўы ҳәм әдил судлаўға ерисиў имканияты ҳаққындағы Конвенцияға (Орхус, 1998 25-июнь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бул конвенция инсанның саламат қоршаған орталыққа болған ҳуқықларын қорғаўға қаратылған әҳмийетли халықаралық ҳүжжет есапланады.
Конвенцияға қосылыў ҳәм оның нормаларын миллий нызамшылыққа киргизиў пуқаралардың абадан қоршаған орталыққа болған ҳуқықлары ҳәм бул бағдарда қарарлар қабыл етиўде қатнасыўы, мағлыўмат алыў ҳуқықларын тәмийинлейди.

Сондай-ақ, бул қоршаған орталық тараўындағы миллий нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаўдың заманагөй системасын раўажландырыў ушын тийкар болып хызмет етеди.
Мәжилис даўамында «Пүткил жер жүзилик» почта аўқамының уставына оныншы қосымша протоколды (Аддис-Абеба, 2018 йил 7 сентябрь) ҳәм он биринши қосымша протоколды (Абиджан, 2021 йил 26 август) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.

Нызам менен ратификацияланған бул протоколлар Пүткил жер жүзилик почта аўқамына ағза мәмлекетлер менен бирге ислесиў қатнасықлары ҳәм халықаралық почта алмасыўын шөлкемлестириў ҳәм нәтийжели хызметлерди турақлы раўажландырыўды нәзерде тутады.
Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимизге усы халықаралық шөлкем шеңберинде толық тийкарда нәтийжели қатнасыў имканиятын береди.
Сондай-ақ, Пүткил жер жүзилик почта аўқамына ағза мәмлекетлердиң белгиленген почта операторлары ҳәм басқа халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў қатнасықларында Почта байланысы миллий операторы Өзбекстан Республикасының мәплерин өз ўәкилликлери шеңберинде қорғаў ҳәм сақлаўда ўәкиллик етеди.
Мәжилис жуўмағында тийисли қарарлар қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА