Малайзия жетекшиси әҳмийетли баянат берди
315

– Малайзия АҚШтың күтилген саўда тарифлериниң тәсирин күтиў емес, ал Қытай, Россия ҳәм Бразилия сыяқлы басқа да мәмлекетлер менен жедел саўда байланысларын орнатыўды мақул көреди, – деди Бас министр Анвар Иброҳим. Бул ҳаққында «Reuters» мәлимлеме агентлиги жазды.
Ҳүкимет басшыларының парламенттеги шығып сөйлеген сөзинде Қурама Штатлардың бул қәдеми Малайзияға да унамсыз тәсирин көрсететуғынын айтып, Дональд Трамп тәрепинен Канада ҳәм Мексикаға енгизилетуғын қосымша салықларды 30 күнге тоқтатып турыў қарарының артында анықсызлық бар екенин қосымша етти.
– Биз саўда шериклериниң буннан былай да кең тармағын жаратыў ушын жедел ҳәрекет етиўимиз керек, – деген Анвар Ибраҳим.
Қарақалпақстан хабар агентлиги