Өзбекстан ҳәм Малайзия: Жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў кеңеймекте

Малайзияда «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде жоқары билимлендириў тараўындағы имканиятлар ҳәм басламалар» темасында биринши Өзбекстан-Малайзия билимлендириў форумы болып өтти.
Форумның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қўнғиротбай Шарипов ҳәм Малайзия Жоқары билимлендириў министри Замбри Абдул Қадир шығып сөйлеп, еки мәмлекет арасында жоқары билимлендириў тараўында беккем бирге ислесиў жолға қойылғанын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, тәреплер келешекте жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы байланысларды және де кеңейтиў, академиялық мобиллик бағдарламаларын раўажландырыў, биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын енгизиў ҳәм илимий изертлеўлер көлемин арттырыўды атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Малайзия көркем өнер шеберлериниң қатнасыўындағы концерт бағдарламасы илаж қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлап, еки мәмлекет мәдениятын жақынырақ таныстырыўға тийкар жаратты.
Форум даўамында тараў қәнигелери тәрепинен ҳәр қыйлы темаларда баянатлар оқылып, еки тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша бир қатар басламалар алға қойылды.
Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзАның хабаршысы