Сенатта пуқараларды ҳәм исбилерменликти қаржылай қоллап-қуўатлаўға байланыслы нызамлар көрип шығылды

Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети мәжилисинде гезектеги жалпы мәжилис күн тәртибине киргизилиўи режелестирилген пуқараларды ҳәм исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаўға байланыслы бир қатар нызамлар дәслепки тәризде көрип шығылды.
«Кредит мәлимлемеси алмасыўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына кредит тараўындағы қатнасықларды және де жетилистириўге қаратылған өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам додаланды.
Усы нызам менен әмелиятқа физикалық тәреплер менен кредит келисимлерин дүзиўге шеклеў белгилеў ҳәм оны алып таслаўға болған ҳуқықлар, оларды кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестрине киргизиўдиң тәртиби ҳәм шәртлери, кредит мәлимлемесинен пайдаланыўшылардың белгиленген шеклеўди бузған ҳалда кредит келисими дүзилгени ушын жуўапкершиликтиң белгилениўин нәзерде тутатуғын бир қатар өзгерислер менен қосымшалар киргизилип атырғаны айтып өтилди.
«Исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам болса исбилерменлик субъектлери тәрепинен қаржылай хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтиў ҳәм бизнести қаржыландырыўдың нәтийжели қуралларын енгизиў, факторинг бойынша заманагөй нызамшылық базасын жаратыў, факторинг операцияларын раўажландырыў ҳәм енгизиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Буннан тысқары, «Салық ҳәкимшилигиниң жетилистирилиўи, сондай-ақ, салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик ҳәм валютаны тәртипке салыў либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар дәслепки тәризде көрип шығылды.
Мәжилис жуўмағында көрилген мәселелер бойынша комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА