Жынаятшылыққа қарсы гүрестиң ең нәтийжели усылы жынаятлар жүз бериўиниң алдын  алыў болып есапланады

375

Мәмлекетимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың ўақтында алдын алыў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаўдың улыўма жаңа механизмлери жаратылмақта.

Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен шөлкемлестирилген семинарда усы ҳаққында сөз болып, жынаятшылық бойынша «қызыл» категориядағы  аймақларда жағдайды турақластырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар үстинен нәтийжели депутатлық қадағалаўды әмелге асырыў мәселелерине итибар  қаратылды.

Президентимиздиң 2025-жыл 3-январьдағы «2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ўақтында алдын алыў системасының нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси де толық түсиндирилди.

Илажда быйылғы жыл 23-25-январь күнлери болып өткен Сенаттың 3-жалпы мәжилисинде көрилген ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға  хызмет ететуғын бир қатар нызамлар көрип шығылғаны ҳәм мақулланғанына да тоқтап өтилди.

Семинар аймақларда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша депутатлық қадағалаўды алып барыў ҳәм бул бағдарда турақлы комиссиялардың әмелий көнликпелерин арттырыўдан ибарат болғаны ушын «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы назымның бир қатар нормаларының мазмун-мәнисине де итибар қаратылды.

Соның ишинде, 131-статьясында Ишки ислер министрлиги аймақлық бөлимлери басшыларының  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары кеңеслери алдында есап беретуғыны атап өтилди.

Бирақ, айырым жергиликли кеңеслерде 2023-2024-жылларда ишки ислер уйымлары аймақлық бөлимлери басшыларының есабатларын тыңлаўда рәсмий ҳәм жүзеки мүнәсибетке жол қойыў жағдайлары да бақланғаны сынға алынды.

Сенаторлар, жергиликли кеңеслердиң Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша турақлы комиссияларының басшылары, ағзалары ҳәм секретариат баслықлары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ИИМ, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты ИИББ, ўәлаятлар ишки ислер басқармаларының усы бағдарға жуўапкер болған  басшының орынбасарлары ҳәм районлық ҳәм қалалық ишки ислер бөлимлериниң басшылары  қатнасқан илажда келешекте бундай қәте-кемшиликлерге шек қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда аймақлық ишки ислер уйымлары басшыларының есабатларын тыңлаўда қосымша түрде қандай мәселелерге итибар қаратыў зәрүр екенлиги бойынша пикир-усыныслар  берилди.

Н.Абдураимова, ӨзА