Өзбекстанға жеңил автомобиль импортында Қытай айқын жетекши
450

Өткен жылы Өзбекстанға сырт елден баҳасы 1,28 миллиард долларлық улыўма 74 700 жеңил машина кирип келген.
Статистика агентлигиниң мағлыўматына бола, автомобиль импорты улыўма муғдарында ең көп үлеске ийе мәмлекет Қытай: 61 000 дана ҳәм 81,6 процент. Бул дизимде екинши орынды 11 900 машина менен Қубла Корея ийелеген. АҚШ (639), Ҳиндстан (577) ҳәм Япония (168) ҳәм алдынғы жеткерип бериўшилер сыпатында тән алынған.
Алдын бир жыл ишинде мәмлекетимизге сырт елден транспорт қураллары кирип келиўи 20 проценттен көбирек артқаны ҳаққында хабар берилген еди.
Өткен жылдың октябрь айында Қазақстан «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети қурамына киретуғын Қуйыў- механика заводынан 20 жүк вагонын сатып алған.
ӨзА