Өзбекстан ҳәм Иран: санлы технологиялар тараўында бирге ислесиў мәселелери додаланды

531

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Иран Ислам Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық-ҳуқықлы елшиси Муҳаммадали Искандарийди қабыл етти.

Ушырасыўда санластырыў процессиндеги бирге ислесиў перспективалары додаланды. Тәреплер тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги жойбарлар ҳәм компаниялар арасындағы шериклик  механизмлери бойынша усынысларын билдирди.

Сондай-ақ, ушырасыўда санлы технологиялардан нәтийжели пайдаланыў бойынша еки тәреплеме басламаларды  әмелге асырыўға  итибар қаратылды.

Бул басламалар мәмлекетлеримиз арасында IT тараўында бирге ислесиўдиң беккемлениўине хызмет ететуғыны атап өтилди.

Н.Раҳманов, ӨзА