Айдаўшылар техпаспорт, гүўалық яки ID-картаны бирге алып жүриўи шәрт емес

Министрлер Кабинетиниң «Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўда «социаллық карта» системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарында айдаўшылар ендигиден былай техпаспорт, айдаўшылық гүўалығы яки ID-карта алып жүриўи шәрт емеслиги белгиленген.
2025-жыл 1-июньнан баслап ЖПХ хызметкерине ID-картаның электрон версиясын смартфонда көрсетиў жетерли.
Сондай-ақ, банклерде, нотариусларда, темир жол станцияларында яки аэропортларда ID-картаны телефон арқалы көрсетиў мүмкин.
Қарарда Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм «Социаллық карта» мобиль қосымшасында енгизилетуғын ҳүжжетлердиң унификацияланған санлы сервислери дизими көрсетилген.
Онда 17 ҳүжжеттиң аты келтирилген. Олардың ишинде паспорт, ID-карта, техпаспорт, айдаўшылық гүўалығы ҳәм басқалар келтирилген.
ӨзА