«Аналар мәканы» хызмети жолға қойылады

477

Бул ҳаққында Социаллық қорғаў миллий агентлиги баспасөз хызмети мәлим етти.

Атап өтилгениндей, 2025-жыл 1 –февральдан баслап аўыр турмыслық жағдайда ҳәм жақын қарындасларының жәрдемисиз қалғанлығы нәтийжесинде перзентин тәрбиялаўдан ўаз кешпекши болған аналар, соның ишинде, ҳәмиледар ҳаяллар ушын Балалар үйлеринде «Аналар мәканы» хызмети жолға қойылады.

Бул хызметтиң тийкарғы мақсети балалардың шаңарақтан ажыралып қалыўының алдын алыў ҳәм аналардың перзентлерин еркин тәрбиялаў қәбилетин раўажландырыўға жәрдемлесиў болып есапланады.

Онда аўыр турмыслық жағдайда түсип қалған аналар ҳәм олардың балалары (4 жасқа толмаған) 1 жылға шекемги мүддетке социаллық шәртнама тийкарында ўақтынша баспана менен тәмийинленеди. Аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған аналарға социаллық, ҳуқықый, психологиялық ҳәм медициналық хызметлер көрсетиледи, оларда аналық ҳәм кәсиплик көнликпелер қәлиплестириледи.

Сондай-ақ, «Инсан» социаллық хызметлер орайлары аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған аналардың кәсип ийелеўи ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлеседи.

Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң район (қала)лардағы «Инсан» социаллық хызметлер орайы –усы хызметтиң жумысын муўапықластырыўшы ўәкиллик уйым есапланады.

ӨзА