Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Сиз әзизлерди, елимиздеги барлық мөмин-мусылманларды, пүткил халқымызды шүкиршилик, сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәт әййямы – Мүбәрек Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлап, жақсы тилеклеримди билдириўден оғада қуўанышлыман.

Қурбан ҳайытының мәнаўий турмысымызда уллы пазыйлетлерди, кеңпейиллик, мүриўбет, дослық ҳәм татыўлық сыяқлы ийгиликли қәдириятларды беккемлеўде орны ҳәм әҳмийети шексиз. Бул қутлы әййямда ҳәммемиз, бәринен бурын, мине усындай пайызлы ҳәм берекетли күнлерге жеткергени, елимиз тыныш, аспанымыз ашық екени ушын Алла таалаға шексиз шүкиршилик айтамыз.

Бүгинги күнде елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халқымыздың абадан турмысын, жаннан әзиз перзентлеримиздиң ығбал-бахтын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған барлық реформаларымыз, соның ишинде, диний-ағартыўшылық тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған илажларымыз дүнья жәмийетшилиги, абырайлы халықаралық шөлкемлер тәрепинен кеңнен тән алынбақта.

Жақында Америка Қурама Штатларының Вашингтон қаласында өткерилген диний еркинликлер мәселелери бойынша абырайлы халықаралық форумда Өзбекстанда ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған ҳәрекетлер жоқары баҳаланғаны бул бағдарда баслаған ислеримиздиң халықаралық көлемде жоқары тән алынғанының айқын дәлили.

Биз ислам цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы бабаларымыздың бай илимий-руўхый мийрасын үйрениўге, жасларымызды жоқары инсаный қәдириятлар тийкарында тәрбиялаўға айрықша итибар бермектемиз.

Дүньяда муқаддес динимиз атынан түрли жаўыз ҳәрекетлер ислеўге урыныўлар күшейип атырған бир ўақытта, өнип-өсип, өмирге жарқын жүз бенен кирип киятырған ул-қызларымызға муқаддес динимиздиң адамгершилик мазмунын түсиндирип бериў, оларды терең пикирлейтуғын, жедел заман өлшемлери тийкарында жасайтуғын билимли, дүньятанымы кең, бәркамал инсанлар етип камалға келтириў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бул жолда баслаған реформаларымыз күтилген нәтийжени бериўи ушын бәршемиз, пүткил халқымыз бенен бирге татыў болып жумыс алып барыўымыз күнделикли зәрүрликке айланбақта.

Мине усындай бахытлы күнлерде Ҳаж әмеллерин орынлап атырған жерлеслеримиз бүгинги абадан турмыс ушын шүкирлик етип, Жаратқаннан елимизге тынышлық, халқымызға абаданлық сорап қайырлы дуўалар етпекте. Бундай уллы ибадатты орынлаўға миясар болған мөмин-мусылманларымыз ана Ўатанымызға келгеннен соң, жеке өмиринде, жәмийетлик жумысларда басқаларға үлги болатуғынына, жасларды пидайы ҳәм ўатанпәрўар инсанлар етип тәрбиялаў, адасқан адамларды дурыс жолға баслаў сыяқлы саўаплы ислерге ылайықлы үлес қосатуғынына беккем исенемиз.

Усындай уллы байрам күнлеринде узақ ҳәм жақын мусылман мәмлекетлериниң халықларын, барлық досларымызды шын жүректен қутлықлап, оларға тынышлық-қәтиржамлық, раўажланыў және абаданлық тилеймиз.

Ҳүрметли журтласлар!

Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен елимизде үш күнлик дем алыс жәрияланғаны халқымыздың кейпиятын көтерип, байрамға айрықша пайыз ҳәм көтериңкилик бағышламақта. Усындай пазыйлетли күнлерде журтласларымыз ески ҳәм теберик орынларды, уллы бабаларымыздың муқаддес қәбирлерин зыярат етип, ағайын-туўысқанларының, жақынларының ҳалынан хабар алып, руўхый көтериңкилик, мәнаўий азық алмақта.

Бәршеңизди мүбәрек Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

Дуўаға қол жайған кекселеримиздиң мине усындай пазыйлетли күнлерде ел-журтымызға бағышлаған жақсы нийетлери менен тилеклери орынлансын!

Шаңарақларымызда пайыз-берекет ҳәм тынышлық болсын!

Елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абаданлығы және де беккем ҳәм турақлы болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ

Өзбекстан Республикасы Президенти

 

ӨзА