Усы жылы 4-сентябрь күни «UzKor Gas Chemical» қоспа кәрханасының буйыртпасы менен Қоңырат районы «Қырық қыз» посёлкасында жаңа заманагөй 384 орынлық мектептиң ашылыў салтанаты болып өтти.

Жаңадан қурылған мектеп архитектуралық дизайны, оқыўшылар ҳәм муғаллимлер ушын жаратылған шараятлары бойынша республикамыздың басқа мектеплеринен ажыралып турады. Мектеп әтирапында әжайып ландшафтлы дизайн орнатылған, басқа мектеплерде ушыраспайтуғын баҳасы 4 миллиард сумға тең болған спорт ядросы, заманагөй спорт залы, ағаштан гезлемелер ислеп шығарыў станоклары, қызлар ушын тигиў машиналары қурылған мийнет кабинетлери, лингафон кабинети, 14 түрдеги миллий әсбаплар алып келинген музыка кабинети, жәми 22 дана компьютер орнатылған еки информатика кабинети, китапхана, 120 орынға мөлшерленген белсендилер залы толық пайдаланыўға таяр.

Мектептеги заманагөй технологиялар тийкарында қурылған спорт ядросы айрықша итибарды тартады. 250 квадрат метрли жасалма газон менен қапланған футбол майданшасы балаларға сүйикли спорт пенен шуғылланыў ушын таяр тур. Швейцария технологиялары бойынша резиналы қапламалар менен үскенеленген баскетбол, волейбол майданшалары, теннис корты, 250 метрлик жуўырыў жолы да халықаралық стандартларға жуўап беретуғын барлық қолайлықларға ийе орынлар саналады. Бул резина қапламалары 10 жыллық кепилликке ийе.

2 миллион 680 мың АҚШ доллары жумсалған бул заманагөй объект 6 ай даўамында бас бөлип алып ислеўши «ENEP» шет ел кәрханасы, «Alrut Build» ЖШЖ ниң қолы гүл усталары тәрепинен сапалы етип қурып питкерилди. Объектте 200 ден аслам жумысшы ҳәм инженерлер тынымсыз жумыс алып барды.

– Бизиң «Қырық қыз» посёлка пуқаралар жыйынында 700 шаңарақта 4 мыңға жақын пуқаралар жасайды, соннан 500 ге шамаласы мектеп жасындағы балалар, – дейди пуқаралар жыйыны ақсақалы Фархад Кулбаев. – Пуқаралар жыйынында жасаўшылардың барлығы «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасына, «ENEP» шет ел кәрханасы, «Alrut Build» ЖШЖ ниң қолы гүл усталарына шексиз миннетдаршылығын билдиреди, себеби балаларымыздың бундай заманагөй, республикамызда теңи жоқ билим дәргайында оқып, тәлим алыў имканиятына ийе болып атыр.

Ашылыў мәресими мектеп оқыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Илажға Қоңырат районының ҳәкими Ш.Темирбаев, Үстирт газ-химия комплексиниң директоры Т.Жураев қатнасты.

 

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентилигиниң хабаршысы