Республикалық қәнигелестирилген урология илимий-әмелий орайының жәмәәти өткен жылды табыслы жуўамқлап, 2025-жылға мөлшерленген мақсет  ҳәм ўазыйпаларды  орынлаўға кирисип кеткен. Барлық ҳәрекетлер көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын және де жақсылаў ҳәм халыққа қосымша қолайлықлар жаратыўға қаратылған.

Мәкеме директоры Шухрат Мухторовтың ДСМ баспасөз хызметине  берген мағлыўматына бола, быйылғы жылы орайда 10, аймақлық филлиалларда 8 ҳәм район  (қала)лық емлеўханаларда 4 жаңа диагностика ҳәм емлеў усылын енгизиў нәзерде тутылған.

– Оның нәтийжесинде сидик-тас кеселлигине шатылған наўқаслардың артықша ўақыт ҳәм қаржы жумсап, пайтахтымызға қатнаўы сезилерли дәрежеде азаяды, – дейди ол.

Сондай-ақ, қәнигелескен медициналық жәрдем хызметин районлар дәрежесине түсириў мақсетинде 2025-жылы Наманган ўәлаятының 4 районы ҳәм қаласында биринши мәрте урофлометрия диагнозлаў усылы жолға қойылады.

Орайдың 54 жоқары маман шыпакери аймақларға жаңа диагностика ҳәм емлеў усылларын енгизиў ушын жибериледи. Сондай-ақ, тәжирийбе алмасыў, шеберлик сабақларын шөлкемлестириў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм аймақларда медициналық  тексериўлер ҳәм операцияларды өткериў мақсетинде Россия, Германия, Ҳиндстан, Түркия сыяқлы мәмлекетлерден қәнигелерди тартыў режелестирилген. Аймақлық филиалларда жумыс ислеп атырған хызметкерлерден 26 сы сырт елде, 29 ы республикалық мәкемелерде, орай шыпакерлеринен сегизинен төртеўи сырт мәмлекеттеги жетекши клиникаларда маманлығын арттырады.

Қәнигелер тәрепинен 4 бағдар бойынша илимий излениўлер алып  барылады. Буннан тысқары, 2 уролог ҳәм 2 анестезиолог кандидатлық диссертациясын қорғайды.

Орай ҳәм оның аймақлық филлиалларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў  2025-жылы да избе-из даўам еттириледи. Кувейттиң Араб экономикалық раўажланыў фонды қаржылары есабынан 12 түрдеги диагноз ҳәм емлеў әмелиятлары ушын пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер алып келинеди.

Қысқаша айтқанда, орай жәмәәти 2025-жыл даўамында халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўге байланыслы ўазыйпаларды жоқары жуўапкершилик ҳәм садықлық пенен орынлап, халықты разы етиўди бас мақсет сыпатында белгилеген.

М.Қосимова, ӨзА