Медициналық хызметлерди санластырыў халыққа қандай қолайлықлар жаратады?

329

Кейинги  жылларда мәмлекетимиз басшысының тийисли қарарына муўапық елимиздиң барлық аймақлардағы медицина мәкемелериниң жумысын санластырыў илажлары көрилмекте. Усы мақсетте заманагөй технологиялар өзлестирилмекте ҳәм «ақыллы» үскенелер алып келинип орнатылмақта.

Бул  бағдардағы ҳәрекетлердиң логикалық даўамы сыпатында «Электрон поликлиника» ҳәм «Электрон рецепт» бағдарламалары басқышпа-басқыш турмысқа енгизилип атырғанын келтириў мүмкин.

Усы мақсетте Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм «UZINFOCOM» бирден-бир интеграторы тәрепинен «Денсаўлықты сақлаў системасының санлы трансформациясы» темасындағы республикалық санлы денсаўлықты сақлаўдың бирден-бир платформасы презентациясы өткерилди.

Илажда Денсаўлықты сақлаў, Санлы технологиялар министрликлери ҳәм басқа тийисли уйымлардың басшылары, сондай-ақ, қәнигелестирилген медицина мәкемелери ҳәм аймақлық басқармалардың ўәкиллери  қатнасты.

Презентацияда санлы медицинаның имканиятлары ҳәм қолайлықлары сахна көриниси арқалы көрсетилди. Онда медицина мәкемлери жумысындағы санластырыў процесслери бир шыпакердиң турмысы мысалында ашып берилди.

Усы жаңа системалар арқалы шыпакерлер наўқаслардың кеселлик тарийхы ҳаққындағы мағлыўматларды республиканың қәлеген аймағынан онлайн көриў ҳәм жаңалаў имканиятына  ийе болады. Презентацияда алдын жумыс ислеген 50 ден аслам мәлимлеме системаларының бирден-бир платформаға өткерилиўи менен система пайдаланыўшылары ушын бир қатар қолайсызлықлар сапластырылғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, санластырыў процеси халық ушын медициналық хызметлерден пайдаланыўда   жаңа қолайлықлар жаратқаны айрықша атап өтилди. Системалардың турмысқа енгизилиўи шыпакерлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға, наўқасларға болса жедел ҳәм анық медицианлық жәрдем көрсетилиўине тийкар жаратады.

Н.Раҳманова, ӨзА