Өзбекстанда картошканың баҳасы артады ма? – Аўыл хожалығы министрлиги түсиник берди

455

Социаллық тармақларда Қазақстан картошка экспортына шеклеў қойғаны, бул болса Өзбекстанда картошка баҳасының сезилерли дәрежеде артыўына алып келиўи ҳаққында хабарлар айланбақта.

Бул хабарларға Аўыл хожалығы министрлиги баспасөз хызметиниң басшысы Дилшод Назиров төмендегише түсиник берди.

«Мәмлекетимиз халқының картошкаға болған жыллық талабы 4 миллион тоннаны қурайды. Өткен 2024-жылы елимизде жәми 3,7 миллион тонна, соннан тийкарғы майданда 2,7 миллион тонна ҳәм тәкирар егин сыпатында 1 миллион тонна картошка жетистирилген. Бул өнимниң 600 мың тоннасы кейинги мәўсимде егиў ушын туқымлық сыпатында резерв етилген ҳәм тәбийғый шығын 100 мың тонна (3 процент) әтирапында белгиленген.

2024-2025-жылдың қыс ҳәм бәҳәр мәўсими ушын жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен тартылған таярлаў кәрханалары тәрепинен 245,5 мың тонна картошка резервке жыйналған ҳәм  fsp.agro.uz  онлайн платформасы арқалы субъектлер кесиминде мониторинги жолға қойылған. Резервке жыйналған өнимди ишки тутыныў базарына шығарыў бойынша Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң ҳәр 10 күнлик тармақ кестеси аймақлар кесиминде тастыйықланып, орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине жиберилген. Быйыл 20-январь жағдайына жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен тартылған таярлаў кәрханалары тәрепинен жәми 6,3 мың тонна картошка ишки базарларға саўдағы шығарылған, резерв қалдығы 239,2 мың тоннаны қурайды. Өзбекстан базарларында картошка баҳасының артыўы ҳаққындағы тарқалған хабарлар тийкарсыз».

Қәниге базарлардағы картошкалардың баҳасы бойынша турақлы қадағалаў алып барылатуғынын ҳәм картошка баҳаларының муўапықластырып барылатуғынын айтып өткен.

М.Тошқораева, ӨзА