Өзбекстанлы жол салыўшылардың Қытайда тәжирийбе алмасыўы бойынша усыныс берилди

Соңғы жыллары Өзбекстан-Қытай арасында саўда-экономикалық байланыслар тараўы раўажланып, экономиканың түрли тармақларында алып барылып атырған бирге ислесиўлер сезилерли дәрежеде өз перспективасын көрсетпекте.
Автомобиль жоллары комитетинде Қытай исбилерменлериниң Өзбекстандағы ассоциациясы басшысы Лию Ю мырза басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти. Делегация ағзаларын комитет баслығы Жамшид Турсунов қабыл етти.
Бизге белгили, Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы дослық байланыслары жаңа сапа дәрежесине көтерилмекте. Мәмлекетлер арасындағы стратегиялық шериклик жақсы нәтийжелерди көрсетпекте. Бундай бирге ислесиўди және де раўажландырыў мақсетинде автомобиль жолары тармағын раўажландырыў бойынша делегация ағзалары тәрепинен 8 бағдарда усыныслар билдирилди.
Жол ҳәм көпирлер қурылысында сапа көрсеткишлерине ерисиў, халықаралық үлгилер ҳәм нормаларды тараўға кеңнен қолланыў, жеке меншик-шериклик тийкарында жумыс алып барыў ҳәр еки тәреп ушын да пайдалы болатуғыны ушырасыўда атап өтилди, делинеди Автомобиль жоллары комитети мағлыўматында.
Лию Ю Мырза Өзбекстанлы жол салыўшыларды Қытай Халық Республикасында оқытыў ҳәм тәжирийбе алмасыўға мирәт етти. Мағлыўматқа бола келисимлердиң жуўмағы сыпатында жол инфраструктурасы тараўында бирге ислесиў бойынша Меморандумға қол қойды.
ӨзА