Шет тилин билиў дәрежесин анықлаў тест сынақлары болып өтти
328

Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, шет тилин билиў дәрежесин анықлаў тест сынақларының жазба (тыңлап түсиниў, оқыў, жазба жумысы) бөлими шөлкемлестирилди.
Тест сынақлары талабанларына қолайлы болыўы ушын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында шөлкемлестирилди. Онда жәми 6,5 мыңнан аслам талабан қатнасты ҳәм 5 талабан тәртип-қағыйданы бузғанлығы ушын тест сынағынан шетлетилди.
Атап өтилгениндей, тест сынақларында қатнасқан талабанлар ушын сөйлеў көнликпесин баҳалаў имтиханлары – 20-январьдан 31-январьға шекем болып өтеди. Тест сынағы нәтийжелери Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық, имтиханлар толық жуўмақланғаннан соң бир ҳәпте ишинде жәрияланады.
ӨзА