«Допингке қарсы доктрина» бойынша семинар өткерилди

277

Өзбекстан Республикасы Миллий допингке қарсы агентлигиниң 2025-жыл ушын ислеп шығылған «Допингке қарсы доктрина» оқыў режеси бойынша федерация ҳәм ассоциацияларда жумыс ислеп атырған допингке қарсы бағдарында жуўапкер хызметкерлер ушын үш күнлик – семинар шөлкемлестирилди.

Қызғын додалаўларға бай түрде өткен илажда 30 ға шамалас федерация ҳәм ассоциаициялардың  допингке қарсы бағдарында жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Семинардың биринши күнинде Пүткил жер жүзлик  допингке қарсы кодексинде спорт шөлкемлериниң роли ҳәм миннетлемелери, WADAның ADEL платформасы ҳәм Өзбекстан Миллий допингке қарсы агентлиги тәрепинен   иске қосылған коммуникация системаларынан пайдаланыў бойынша мағлыўматлар берилди.

Оқыў-семинар бағдарламасына муўапық, екинши ҳәм үшинши күнлери ADAMS системасынан пайдаланыў, жүзеге келиўи мүмкин болған жағдайлар ҳәм талап  етилетуғын мағлыўматлар, нәтийжелерди басқарыў процесинде тренер ямаса басқа шахс тәрепинен жол қойылған қәтеликлер көрип шығылды. Сондай-ақ, қадаған етилген дизим менен ислесиў көнликпелери, терапиялық  өзгешеликлерди енгизиўде арзаны қандай тәртипте толтырыў бойынша баянатлар тыңланды.

Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден керекли жуўапларды алды. Оқыў-семинар жуўмағында  федерация ҳәм ассоциацияның жуўапкер хызметкерлерине сертификатлар берилди.

Т.Рўзиев, ӨзА