Дубайда ICBA менен бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм Халықаралық биошорланған аўыл хожалығы орайы (ICBA) бас директоры доктор Тарифа Ал Зааби арасында өз-ара келисим меморандумына қол қойылды.
Бул меморандум улыўмалық мәплерге ийе болған тараўларда тәреплер арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў менен байланыслы имканиятлар ҳәм өз-ара мәплерди үйрениўге қаратылған.
Атап айтқанда, меморандум экология, қоршаған-орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан турақлы пайдаланыў, климат өзгериўи нәтийжелерин жумсартыў ҳәм бейимлесиў тараўында тәжирийбе, мәлимлеме, ең жақсы әмелият ҳәм заманагөй технологиялар менен алмасыў, Өзбекстанда турақлы аўыл хожалығы, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм климат өзгериўине шыдамлы әмелиятқа бағдарланған жойбарларды биргеликте ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды нәзерде тутады.
Буннан тысқары , меморандум шеңберинде тараўда жумыс алып баратуғын ҳаяллардың жетекшилик потенциалын арттырыў, изертлеў жумысларын алып барыў көнликпелерин үйрениў ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм турақлы аўыл хожалығы менен байланыслы қарарларды қабыл етиў процесслерине кеңнен тартыў, әҳмийетли тараўларда бирге ислесиўди өз ишине алады. Меморандум бес жылға мөлшерленген ҳәм автомат түрде үш жыл даўамында кейинги мүддетлерге созылады.
Сөйлесиўлер шеңберинде Өзбекстанда ICBA ўәкилханасын ашыў бойынша илажларды тезлестириў бойынша да келисимге ерисилди.
ӨзА