Нызам үстинлиги ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық бирге ислесиў даўам еттириледи

323

Әдиллик министрлигинде «Өзбекстанда нызам үстинлиги ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўды беккемлеў» жойбары шеңберинде кеңес мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте жойбардың 2024-жылдағы тийкарғы нәтийжелери ҳаққындағы есабаты додаланды. Жойбар тәрепинен шөлкемлестирилген Ҳаяллар ҳәм қызларға байланыслы зорлықты сапластырыў бойынша постерлер, фотосүўретлер ҳәм қысқа видео көринислер танаўының нәтийжелери жәрияланды. Сондай-ақ, 2025-жыл ушын ис режелери додаланды.

Әдиллик министриниң орынбасары, жойбардың миллий координаторы Музраф Икромов 2024-жыл даўамында «Өзбекстанда нызам үстинлиги ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўды беккемлеў» жойбары шеңберинде көплеген жумыслар әмелге асырылғанын атап өтти.

Бул жумыслар бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў системасының нәтийжели жолға қойылыўында, усы тараўда жумыс алып баратуғын МКШлардың жумысына жәрдемлесиў арқалы халыққа бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў механизмин ислеп шығыўда үлкен әҳмийетке ийе.

БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фужии, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова, Финляндияның Орайлық Азиядағы елшиси Илкка Райзанен бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар Өзбекстанда нызам үстинлиги ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўды беккемлеўде унамлы нәтийже берип атырғанын, бул бирге ислесиўди даўам еттириў керек екенлигин билдирди.

Жойбар басшысы Азамат Салаев 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Жойбардың 2025-жылға мөлшерленген ис-режеси тастыйықланды. Сондай-ақ, таңлаў нәтийжелери жәрияланып, жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды.

ӨзА