Өзбекстанлы илимпаздың монографиясы жети тилде басып шығылды

288

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының кафедра баслығы Актам Холовтың монографиясы абырайлы Amazon баспасында жети-инглиз, француз, немис, итальян, португал, испан, рус тиллеринде басып шығарылды.

«Нәтийжели басқарыў қарарларын баҳалаў» атамасы монографиясында  жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының басқарыў қарарлары нәтийжелилигин баҳалаў критериялары системалы талланған.

Сондай-ақ, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларында басқарыў қарарлары нәтийжелилигин муғдарлы (quantitative) ҳәм сапа (qualitative) көрсеткишлерин баҳалаў бойынша пикир-усыныслар берилген.

Автор монографиясында қабыл етилип атырған басқарыў қарарлары нәтийжелилигиниң заман талаплары ҳәм критерияларына толық тоқтап өткен. Сондай-ақ, басқарыў  қарарларын қабыллаў темасына байланыслы илимий көзқарасларды ҳәр тәреплеме таллаған.

Бул китап «Amazon» платформасы тәрепинен тараўға байланыслы ең перспективалы қолланба сыпатында таңлап алынған ҳәм сатыўға қойылған.

ӨзА