Бүгинги күнде республикамыздың барлық жерлеринде үлкен қурылыс жумыслары алып барылмақта. Жаңадан-жаңа имаратлар бой тиклеп, абаданластырыў жумыслары қызғын пәт алмақта.
Усындай үлкен қурылыс жумыслар 4-5-жыл бурын Нөкис қаласынан Нөкис районына шыға беристе «Қаттыағар» елатының тусындағы ашық жерде басланған еди. Ҳәзирги күни бул жерде заманагөй имаратлар бой тикледи ҳәм жаңа «Узынкөл» атлы елат пайда болды. Бирақ, улыўма билим бериў мектеплери бул жерлерден узақта жайласқанлығы себепли, оқыўшы балалар узаққа қатнап оқыйтуғын еди.
Ҳәммемизге белгили, Президентимиз усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында билимлендириў тараўына да үлкен кеўил бөлип, бир қатар тапсырмалар берген еди. Тапсырмалар тийкарында усы жылдың февраль айында жаңа елат ушын жаңа заманагөй типтеги мектеп қурып бериў бойынша жумыслар баслап жиберилди. Бул ушын 3 миллиард 423 миллион сумлық қаржы жумсалып, жумыслар қызғын түрде алып барылды ҳәм 2017-2018-жаңа оқыў жылы алдынан мектеп толығы менен қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
2-сентябрь күни усы мектептиң ашылыў мәресими болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Халық билимлендириў министрлиги басшылары, район ҳәкимиятының, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары, мектеп оқыўшылары, муғаллимлер менен оқыўшылардың ата-аналары, аймақ белсендилери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Қ.Бектурдиев, район ҳәкими Ә.Сейтахов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.
Мектеп 315 орынға мөлшерленген. Оқыўға 310 оқыўшы, жумысқа жаңадан 32 муғаллим қабыл етилди. Мектепте 12×24 көлемдеги жаңа спорт залы қурылған, стадион бар, муғаллимлер ханасы, химия, биология, физика лабораториялары, информатикалық, медициналық ханалары ислеп тур.
Үйиниң қасынан таза мектеп салыныўы, әсиресе оқыўшылар ушын үлкен қуўанышлы ўақыя болды.
– Мен 2015-жылдан бери усы жерде жасайман. Бирақ жақын жерде мектеп болмағаны ушын, аэропорт беттеги 9-мектепке қатнап оқыйтуғын едим. Үйимиздиң қасынан мектеп ашылғаны жақсы болды,-дейди мектептиң 6-класс оқыўшысы С.Хожаметова.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.