«Нөкис полимер» кәрханасы

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын буннан былай да арттырыўға қаратылған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысыў, халық пенен ушырасыў ҳәм пикирлесиў мақсетинде усы жыл январь айында республикамызға сапары ўақтында қурылысы басланған «Нөкис полимер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ғәрезсизлик байрамы күнлери пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, «Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ қоспа кәрханасы баслығының орынбасары Ж.Шарапов, кәрхана директоры С.Аннақлычев жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы ҳәм кәрхананың ашылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиздиң республикамызға, соның ишинде халқымызға болған жоқары ҳүрмет-итибары нәтийжесинде аймағымызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Елимиз басшысының басламасы менен басланған «Нөкис полимер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысына Нөкис  қаласы ҳәкиминиң қарары менен 1,87 гектар жер майданы ажыратылды. Жойбардың улыўма баҳасы 27,1 миллиард сум болып, бүгинги күни биринши ҳәм екинши линиялары иске түсирилди. Бул жерде жылына 8 мың тонна полиэтилен ҳәм полипропилен гранулары қайта исленип,  16 мм.ден 630 мм.ге шекемги диаметрдеги трубалар және қадақлаў өнимлери ислеп шығарылады. Кәрханаға Қытай мәмлекетиниң  «Guandong Liansu Machinery Manufacturing» компаниясынан шәртнама тийкарында алып келинген заманагөй үскенелер орнатылды. Тийкарғы шийки зат полиэтилен ҳәм полипропилен гранулары болса Үстүрт газ-химия ҳәм Шортан газ-химия комплекслеринен алып келинеди,  Кәрхананың үшинши ҳәм төртинши линияларын сентябрь айының ақырына иске түсириў режелестирилген. Нәтийжеде 138 жаңа жумыс орны жаратылады.

–Қарақалпақ мәмлекетлик университетин нефьт ҳәм нефьт-газди қайта ислеў технологиялары қәнигелиги бойынша питкерип, усы кәрханаға жумысқа орналастым–дейди Дәўран Реймов. –Бул жерде жумысшыларға барлық шараят жаратылған. Бизге бундай ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Илаж соңында қурылыс жумысларына белсене қатнасқан «Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ қоспа кәрханасы, «KK RASI BETON», «Замирбек Тақыятас» киши кәрханалары, «LEGEND STROY» «BANIMAX» «Ерназар металл строй», «EURO BETON», «Айдын әўлад» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жәмәәтлерине, сондай-ақ бир қатар хызметкерлерге баҳалы саўғалар тапсырылды.

Кәрхананың ашылыў салтанаты республикамыз көркем-өнер шеберлериниң концерт бағдарламасына уласты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.