Усы жылдың 13-август күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Бул ҳаққында Gazeta.uz хабар бермекте.

Мәжилисти Сенат Баслығы Н.Йўлдошев алып барды.

Мәжилисте той-мерекелер, шаңарақлық байрамлар, мәресимлер, қайтыс болғанларды ядқа алыў мақсетинде өткерилетуғын илажлардың өткерилиўин тәртипке салыў мәселелери додаланды.

Хабарыңыз бар, жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў нәтийжелерине бола Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2018-жыл 29-июньда «Той-мерекелер, шаңарақлық байрамлар, мәресимлер, қайтыс болғанларды ядқа алыў мақсетинде өткерилетуғын илажлардың өткерилиўин тәртипке салыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарда белгиленген ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Сенат Кеңесиниң мәжилисинде «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеслеринде Той-мерекелер, шаңарақлық байрамлар, мәресимлер, қайтыс болғанларды ядқа алыў мақсетинде өткерилетуғын илажлардың өткерилиўин тәртипке салыў мәселелери бойынша комиссиялар дүзиў ҳаққында»ғы Қарар қабыл етилди.

Қарар тийкарында комиссиялардың үлги жобасы ҳәм олардың үлги қурамы да тастыйықланды.

Оған муўапық, мәкан пуқаралар жыйынлары менен биргеликте үлгили шаңарақлық илажлар өткерилиўин шөлкемлестириў, шаңарақлық илажларды өткериў ўақтында миллий қәдириятларға қайшы келетуғын мерекелерге, керек емес әдетлерге ҳәм олардың унамсыз ақыбетлерине жол коймаў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў, үрп-әдетлерди менсинбеўшилик, ысырапгершилик жағдайларын жәмийетшилик додалаўына қойыў сыяқлы мәселелер комиссияның баслы ўазыйпалары етип белгиленди.

Сондай-ақ, қарарда елимиздеги барлық пуқаралар жыйынлары жанында шаңарақлық илажларды өткериўди тәртипке салыў мәселелери бойынша комиссиялар дүзиў белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.