Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлигиниң (ӨзА) Қарақалпақстан Республикасындағы хабаршысы Есимқан Қанаатов Қазақстан Республикасына саяхатқа шықты. Бул ҳаққында Есимқан Қанаатов Фейсбук тармағындағы өз бетинде мәлим етти.
Саяхат бағдарламасына муўапық Қазақстан бойлап саяхат 12-24-август күнлери аралығында үлкениң курортлық орынлары ҳәм дыққатқа ылайықлы жерлери ҳаққында фоторепортажлар ҳәм журналистлик материаллар таярлаў менен даўам етеди.
Саяхатшы-журналист Қазақстанның Алматы, Астана, Степногорск, Көкшетаў, Балхаш көли сыяқлы орынларына саяхат етиўди мақсет еткен.
Атап айтқанда, Алматы қаласында Медеў таў-шанғы комплекси, Шымбулақ таў-шанғы комплекси ҳәм Көктөбе төбешиги, Астана қаласында Байтерек, Хан шатыры, Нур Астана мешити, Назарбаев орайы, Атамекен комплекси, Экспо орайы, сондай-ақ, Көкшетаў аймағындағы Бурабай көли, Оқжетпес, Жумбасқан, Имантаў сыяқлы курортлық орынлардан фото ҳәм арнаўлы репортажлар таярланады.
Сапар жуўмағында саяхатшы-журналист Балхаш көлине саяхат етеди ҳәм усы орыннан репортажлар таярлаўды жобаластырған.
Саяхаттан гөзленген баслы мақсет, қоңсылас мәмлекеттиң туристлик потенциалын сәўлелендириўден ибарат.
Мағлыўмат ушын, Есимқан Қанаатов алдын Үстирт платосы ҳәм Арал теңизиниң ултанларына шөлкемлестирилген медиатурларға басшылық етип, елимиздиң туристлик потенциалын көрсетиў ҳәм бул арқалы келиўши туристлер санының артыўына үлкен үлес қосқан еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.