Усы жылдың 11-август күни Қарақалпақстан Республикасындағы 6 жоқары оқыў орнында бакалавр (күндизги) бағдары бойынша барлық тәлим бағдарларында тест сынақлары толық жуўмақланды.

Быйылғы жылы Қарақалпақстандағы 6 жоқары оқыў орнына жәми 39 393 абитуриент ҳүжжет тапсырды. Солардан жәми 36 091 абитуриенттиң тест сынақларында қатнасыўы (қалғанлары кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар арқалы оқыўға қабыл етилиўи) белгиленген еди.

Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими баслығы Музаффар Абдуллаевтың Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ислам Матековқа мәлим етиўинше, 1-11-август күнлери аралығында жәми 365 абитуриент тест сынақларына келмеген.

10 абитуриент тест өткерилетуғын орынға кириў ўақтында, тест процеси даўамында уялы телефон ҳәм шпаргалкалар алып кириў ямаса пайдаланыў, басқа абитуриентлердиң орнына кириўге ҳәрекет еткенлиги ушын тест процесинен шетлетилген.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылы Өзбекстан көлеминде тест сынақларын 1-15-август күнлери аралығында өткериў жобаластырылған болып, Қарақалпақстанда тест процеси усы мүддеттен алдын жуўмақланатуғынлығы ҳаққында хабар берилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.