Президент Ш.Мирзиёев 13-август күни «Жасларды руўхый-этикалық ҳәм физикалық жақтан баркәмал етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды. Бул ҳаққында Бас министр орынбасары Азиз Абдуҳакимовқа тийкарланып Хушнудбек Худайбердиев хабар бермекте.

 

Қарарға муўапық, улыўмалық орта билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары 2018-жылдың 1-сентябрынан баслаўыш класс муғаллимлери ушын 1,1 есеге, жоқары класс муғаллимлери ушын орташа 1,24 есеге шекем, директор, оның орынбасарлары ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы (китапхана) баслықлары ҳәм китапханашылар ушын 1,1 есеге көбейтилди.

 

2019-жыл 1-январьдан жоқары категориялы муғаллимлер ушын 1,25 есеге, биринши категориялы муғаллимлер ушын 1,2 есеге, екинши категориялы муғаллимлер ушын 1,15 есеге, қәниге оқытыўшылар ушын 1,1 есеге, директор, оның орынбасарлары, мәлимлеме-ресурс орайы (китапхана) баслықлары ҳәм китапханашылар ушын 1,1 есеге көбейтилди.

 

Нәтийжеде, үстемелер, класс басшысы ҳәм дәптер тексергени ушын төленетуғын төлемлерди есапқа алған ҳалда:

– баслаўыш класс муғаллимлериниң базалық тариф ставкалары категориялар бойынша орташа есапта 24 проценттен 39 процентке шекем;

– жоқары класс пән муғаллимлериниң базалық тариф ставкасы 37 проценттен 49 процентке шекем;

– мектеп директоры ҳәм олардың орынбасарлариники орташа 27 процентке;

– мәлимлеме-ресурс орайы (китапхана) баслықлары ҳәм китапханашылардики орташа 26 процентке көбейтилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.