Хабарыңыз бар, быйылғы жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бакалавр (күндизги) бағдарына 26 тәлим бағдары бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлер қабылланды.

Тест процеслери усы жылдың 8-9-10- ҳәм 11-август күнлери Нөкис қаласындағы 2 орында – Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлик мектеби ҳәм Нөкис олимпия резервлери колледжинде болып өтти.

Тест нәтийжелери абитуриентлер тест сынақларын тапсырғаннан соң ертеси күни Мәмлекетлик тест орайының сайтында жәрияланды.

 

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бакалавр (күндизги) бағдарының барлық тәлим бағдарларының тест нәтийжелери жәрияланды.

Тест нәтийжелери тест тапсырылған күн бойынша төмендеги файлларда көрсетилген. Көриў ушын сәнениң үстине басың.

 

8-август күнги тест нәтийжелери

 

9-август күнги тест нәтийжелери

 

10-август күнги тест нәтийжелери

 

11-август күнги тест нәтийжелери

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.