Хабарыңыз бар, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў министрликлери хызметкерлери менен биргеликте Россия Федерациясының 6 аймағында жайласқан 10 баланы ўатанға қайтарыў бойынша жумыслар басланған еди.

Үйрениўлер процесинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер ҳәм Сыртқы ислер министрлиги консуллық мәкемелери жәрдеминде және 5 баланың ата-ана қарамағынан айрылғаны анықланды.

Кеше таңда 15 бала Өзбекстанға қайтарылды.

Өз шаңарақларына қайтарылғанға шекем балалардың 10 ы Ер жетпегенлерге социаллық ҳуқықый жәрдем көрсетиў орайына, қалған бесеўи болса ўақытша Ташкент қаласындағы Балалар үйине жайластырылды.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги қурамындағы «Инсан» орайлары хызметкерлери ҳәм мәҳәлледеги социаллық хызметкерлер жедел жумыс алып барып, балаларды қабыл етиў ушын олардың шаңарақларын ҳәр тәреплеме таярлаўда қатнасты. Балалар қайтарылғаннан соң, жуўапкер хызметкерлер олардың шаңарақлық орталығы ҳәм баланың жағдайын турақлы мониторинг етеди ҳәм зәрүрлик туўылғанда социаллық хызметлер бириктириледи.

Ш.Маматуропова, ӨзА