Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров Өзбекстан мәденият министри Озодбек Назарбековты қабыллады.

Өз-ара сөйлесиў даўамында Қырғызстан жетекшиси мәмлекетлеримиз арасындағы мәдений дослық ҳәм мәңги байланыслардың раўажланыўы ҳаққында сөз етти.

– Халықларымызды көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары бирлестирип турады, – деди С.Жапаров. – 1992-жылы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанынан берли еки тәреплеме байланыслар жаңа басқышқа көтерилди ҳәм бул бирге ислесиўди беккемлеўде мәденият тараўы әҳмийетли орын тутады.

Президент Садир Жапаров Озодбек Назарбековты “Қырғыз Республикасы халық артисти” атағы менен сыйлықланғаны менен қутлықлап, оның мәмлекетлер арасындағы мәдений байланысларды раўажландырыў ҳәм дослықты беккемлеўге қосқан үлкен үлесин атап өтти.

Өзбекстан мәденият министри О.Назарбеков өз жумысына берилген жоқары баҳа ушын мәмлекет басшысына қызғын миннетдаршылық билдирип, еки мәмлекет арасындағы туўысқанлық қатнасықларын және де беккемлеўге умтылатуғынын айтты.

Сондай-ақ, министр ҳәзирги ўақытта Өзбекстанның жетекши театрлары қырғызстанлы кәсиплеслери менен биргеликтеги театр жойбарын жаратыў үстинде жедел жумыс алып барып атырғанын атап өтти.

Азиза Алимова, ӨзА