Мәмлекетимиздиң Франциядағы елшиханасында «Мәлимлеме системалары, мағлыўматлар базалары ҳәм жасалма интеллект тараўындағы тенденция ҳәм имканиятларды үйрениў ушын мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шерикликти үйлестириў» темасында Өзбекстан IT тараўының презентациясы болып өтти.
Өзбекстан Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Францияның “Bek Advisory” компаниясы ҳәм “IT Park Uzbekistan” менен биргеликте өткерилген илажда илимий топарлардың ўәкиллери, сондай-ақ, Францияның IТ тараўы қәнигелери қатнасты.
Елшимиз Нодир Ғаниев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жыйналғанларға ҳүкиметимиз тәрепинен мәмлекетимизде мәлимлеме-коммуникация технологиялары (МКТ) тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында айтып берди. Сондай-ақ, дипломат соңғы бес жылда телекоммуникация ҳәм IТ компанияларының саны 1,8 есеге артқаны, 2023-жылдың басынан берли республикада 12 мыңнан артық МКТ кәрханалары жумыс алып барып атырғаны ҳәм усы тараўда 100 мыңнан артық адам жумыс ислеп атырғаны айрықша атап өтилди.
Илажда Францияда жайласқан мәлимлеме системаларын басқарыў ҳәм бизнести раўажландырыў жойбарларына қәнигелескен “Bek Advisory” компаниясының директоры Ойбек Содиқов соңғы жыллары Өзбекстанда мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўында сезилерли раўажланыў бақланып атырғанын атап өтти.
Презентация қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер қалдырды ҳәм олар бул жыйын Өзбекстан ҳәм Франция арасында IT технологиялары тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыўда әҳмийетли орын тутатуғынына исеним билдирди.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА