Брюссел қаласында «Өзбекстан-Европа Аўқамы» парламентлик бирге ислесиў комитетиниң 17-мәжилиси болып өтти. Оның жумысында Сенат Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси делагациясы қатнасты.
Мәжилис даўамында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары ҳәм ағымдағы күн тәртибиниң тийкарғы мәселелери додаланды. Бирге ислесиўди беккемлеўде сезилерли жетискенликлер атап өтилип, өз-ара байланысларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына итибар қаратылды.
Парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, турақлы раўажланыў, саўда, энергетика ҳәм экология тараўларында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар берилди.
«Өзбекстан – Европа Аўқамы» парламентлик бирге ислесиў комитетиниң гезектеги мәжилисин 2025-жылы Өзбекстанда өткериўге келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги