Орайлық Азия мәмлекетлери арасында гендер теңликти раўажландырыў, аўыл ҳаял-қызларының ҳуқықлары менен имканиятларын және де кеңейтиў жолындағы әҳмийетли жумыслар әмелге асырылмақта.
Түркияның Анқара қаласында «Ҳеш кимди артта қалдырмастан: Түркия ҳәм Орайлық Азияда аўыл ҳаял-қызларының ҳуқықлары ҳәм имканиятларын кеңейтиў» жойбарының жуўмақлаўшы конференциясы болып өтти. Илажда Түркия, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлеринен аўыл ҳәм тоғай хожалығы тараўында жумыс алып барыўшы қәнигелер қатнасты.
Конференцияның биринши бөлими мәмлекетлердиң аўыл ҳәм тоғай хожалығында гендер теңлигин раўажландырыў бағдарындағы презентацияларына бағышланды, делинеди Тоғай хожалығы мағлыўматында. Бул презентациялар халықаралық экспертлер тәрепинен талланып, БМШтың ФАО шөлкеми менен биргеликте әмелге асырылған жумыслар терең үйренилди.
Илаждың екинши басқышында қатнасыўшылар топарларға бөлинип, әмелий сабақларда қатнасты. Бул сабақлардың соңында ҳәр бир мәмлекет тәжирийбе алмасып, аўыл ҳаял-қызларының ҳуқықлары менен имканиятларын және де кеңейтиў бойынша жуўмақлаўшы пикирлерди қәлиплестирди.
М.Ҳожиакбарова, ӨзА