Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған нызам жойбары додаланды.

– Мәмлекетимизде жолларды ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз шараятларды жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта,-деди ишки ислер министриниң орынбасары Рамазон Ашрапов. – Бирақ айырым айдаўшылар тәрепинен жасыл аймақлар, пиядалар ҳәм велосипед жолларынан жүриў жағдайлары жүз бермекте. Бундай ҳуқықбузарлықлар бойынша халықаралық тәжирийбеде ҳәкимшилик жуўапкершиликлер белгиленген. Соннан келип шығып, бул нызам жойбарында транспорт қуралларын тротуарлардан, велосипед жолларынан, жасыл аймақ майданларынан жүргизиўдиң алдын алыўға қаратылған нормалар белгиленбекте.

Сондай-ақ, халық тәрепинен нызамсыз түрде жолдың қатнаў бөлегине тосқынлықлар орнатыў ямаса жолларды тосып қойыў, транспорт қураллары ҳәм пуқаралардың ҳәрекетине тосқынлық етиў жағдайларына шек қойыў ушын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылмақта. Бундай жағдайлар бойынша да халықаралық тәжирийбе үйренилгенде, көплеген мәмлекетлерде жуўапкершилик мәселелериниң нәзерде тутылғанының гүўасы болдық.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи жолларда ҳәрекет қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың еркин ҳәрекетлениўине шараят жаратыў, айдаўшылардың жуўапкершилигин арттырыў ҳәм ҳәр қыйлы жол ҳәрекетине байланыслы авариялардың алдын алыўға хызмет етеди.

Мәжилисте нызам жойбары бойынша депутатлар айырым сораўларды ортаға таслады ҳәм жуўапкерлер тийисли жуўаплар берди. Буннан соң жойбар биринши оқыўда қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА