«Алкоголь ҳәм темеки базарын таәртипке салыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы, «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-принциплери  ҳаққында»ғы ҳәм «Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң  тарқатылыўын ҳәм тутыныўын шеклеў ҳаққында»ғы нызамларға тийисли  өзгерислер менен қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.

Сондай-ақ, тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў, алкоголь өнимлериниң көтере саўдасының жумысына берилген лицензия ушын жыллық мәмлекетлик бажыны төлеўдиң анық мүддетин белгилеў нәзерде тутылмақта.

«Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўын ҳәм тутыныўын шеклеў ҳаққында»ғы нызамға болса ўәкилликли уйымға темеки өнимлери менен көтере  ҳәм усақлап сатып саўда ислеў жумысының басланыўы ҳаққында хабарнама  жибериў жолы менен әмелге асырылыўы ҳаққында норма киргизилмекте.

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы фракциясы мәжилисинде усы нызам жойбары ҳәр тәреплеме додаланды. Партияның мақсет ҳәм  ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда, оны және де жетилистириў, дийдиленген мақсетине жеткериў бойынша усыныслар билдирилди.

   М.Комилова, ӨзА