Күни кеше Қатар пайтахты Доҳа қаласында «Алда болыўшылық өлшеми: дипломатия, қарым-қатнас ҳәм көп түрлилик» темасында халықаралық әнжуман болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Гаяне Умерова қатнасты.

Гаяне Умерова “Мәденият қудирети: XXI әсирде дүнья жүзи дипломатиясы” темасындағы сектор додалаўында шығып сөйлеп, Өзбекстанның мәденият арқалы өз-ара түсинисиў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўдеги тәжирийбеси ҳаққында мағлыўмат берди.

– Өзбекстанның мәдений дипломатиядағы орны бийбаҳа. Биз Бухара биенналеси, Самарқандта өткерилетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы, архивлерди санластырыў ҳәм тарийхый мийрасты заманагөй дөретиўшилик көрқараслар менен үйлестириўге қаратылған басламаларымыз арқалы халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўди мақсет еткенбиз. Сондай-ақ, ҳүкиметимиз креатив санаатты раўажландырыў бойынша избе-из илажларды әмелге асырмақта. Бул басламалар тек ғана мәдений раўажланыў емес, ал экономикалық өсиўге де хызмет етеди, – деди Гаяне Умерова.

Бул халықаралық әнжуман Өзбекстанның мәдениятты раўажландырыў бойынша жаркын тәжирийбесин көрсетип, халықаралық көлемде тәжирийбе алмасыў ушын нәтийжели платформа сыпатында үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтиў керек.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА