Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесинде 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен министрликлер менен шөлкемлерде ашық-айдынлықты тәмийинлеў, коррупциялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм сапластырыў, тараўда заманагөй коррупцияға қарсы гүресиў системасын енгизиў мәселелерине бағышланған “Ашық есиклер күни” илажы өткерилди.

Илажға тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, жоқары оқыў орынларының жуўапкер хызметкерлери, мәлимлеме хызметлериниң басшылары, коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими хызметкерлери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы Б.Матмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларға кеңнен тоқтап өтти.


Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларында коррупцияға қарсы гүресиў, оны келтирип шығарып атырған себеплер ҳәм шараятларды анықлаў ҳәм сапластырыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында  алып барылып атырған күшли сиясат нәтийжесинде мәмлекетимизде соӊғы жылларда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 10 нан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Президентимиздиӊ 2021-жыл 6-июльдағы “Коррупцияға қарсы маўасасыз қатнаста болыў орталығын жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда коррупциялық факторларды кескин азайтыў ҳәм онда жәмийетшиликтиң қатнасын кеӊейтиў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм “Коррупцияға қарсы гүресиў жумысын нəтийжели шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына ҳәм Жоқарғы Кеңестиң Президиум қарарына муўапық Министрлер Кеңеси басқарыў аппараты структурасында Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими шөлкемлестирилди.

– Усы ишки қадағалаў бөлими тәрепинен халықаралық стандартлар тийкарында коррупцияға қарсы менеджмент системасы енгизилип, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ишки ҳүжжетлери ислеп шығылып, Министрлер Кеӊесиниӊ арнаўлы қарары менен Министрлер Кеӊесиниң коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Сиясаты, коррупциялық қәўип-қәтерлерди баҳалаў Методологиясы, мәплердиӊ соқлығысыўын басқарыў бойынша Режеси, байланыс каналлары арқалы коррупциялық ҳәрекетлер ҳаққында келип түскен хабарларды қабыллаў ҳәм қарап шығыў Регламенти, xызметкерлердиӊ этика ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў тараўында оқытылыўын шөлкемлестириў бойынша ҳәм басқа да қолланбалар ҳәм режелер тастыйықланды,-дейди Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими бас қәнигеси Қ.Өтемуратов.

Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мəдениятын арттырыўға, жəмийетте коррупцияға қарата маўасасыз қатнасты қəлиплестириўге байланыслы илажлар белгиленип, барлық қала ҳəм районлар орайларындағы LED экранларда видео роликлер, билбордларда коррупцияға қарсы маўасасыз қатнасты қəлиплестириўши үгит-нəсиятлаў материаллары берип барылмақта. Жыл даўамында қала ҳəм районлар ҳəкимликлери хызметкерлери менен онлайн ҳәм офлайн формада ушырасыўлар өткерилип келинбекте.

Атап өтиў керек, Президентимиздиң 2021-жыл 16-июньдағы “Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкем жумысларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы менен рәсмий веб-сайтларға жайластырылыўы тийис болған 35 бәнтли ашық мағлыўматлар дизими тастыйықланды. Ал, 2023-жыл 27-ноябрьдеги “Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў системасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы менен оған және 5 бәнт қосылды. 2021-жыл 15-июнь күнги “Санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметтиң раўажланыў жағдайын рейтинг баҳалаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарда мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының рәсмий веб-сайтында жайластырыў ушын мәжбүрий болған мәлимлемелердиң дизими тастыйықланған.

Илажда усы мәселелер бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы да мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.


Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги