Көбинесе «өмирдиң мәниси неде?» деген сораўды инсанлар өзине ҳәм басқаларға береди. Бул ҳәр биримизди ойландыратуғын әҳмийетли сораў.
Көпшилик бул сораўға муҳаббаттан жуўап табады ҳәм әлбетте, бул инсан өмириндеги ең әҳмийетли тәрепи. Негизинде, муҳаббат – өмирге мәни беретуғын, оны рәңберең ҳәм баҳалы ететуғын күшли дәрек.
Муҳаббат сүйиклисине болған мүнәсибеттен баслап, жақынларға ҳәм пүткил дүньяға болған муҳаббатты өз ишине алады.
Муҳаббат – бахыт, илҳам ҳәм өсиўдиң күшли дәреги. Сүйип ҳәм сүйилип жасап атырған инсан өзин толық ҳәм бахытлы сезеди.
Бирақ, турмыстың мәнисин тек ғана муҳаббат пенен шеклеў оғада әпиўайыластырылған ҳәм сезимлерге сүйенилген пикир.
Муҳаббат күшли двигатель болса да, өмирдиң мәниси бул – ҳәр бир инсан ушын индивидуал болған көп тәреплемели түсиник.
Концлагерлердиң қорқынышлысын басынан өткерген Виктор Франкл (психотерапевт, өмирдиң мәнисин излеп атырған инсанлар ушын қолланылатуғын белгили логотерапия усылының тийкарын салыўшысы) өз логотерапиясында өмирдиң мәниси алдыннан белгиленбеген, ал инсан тәрепинен мақсетти излеў, бар екенлигин түсиниў ҳәм жуўапкершиликти қабыл етиў арқалы жаратылады, деп атап өткен.
Оның «инсан «не ушын» деген сораўға жуўап тапса, ҳәр қандай «қандай»ға шыдап бере алады»-деген пикири жеке мақсет ҳәм мәнини излеўдиң әҳмийетиниң қаншелли екенлигин көрсетеди.
Алберт Камю болса өзиниң абсурдлық философиясында: өмир объектив мәниден айырыў болса да, бирақ бул оны мәнисиз етпейди-дейди. Мәни инсан тәрепинен дүньяны жедел аңлаў, таңлаў еркинлигин қабыл етиў ҳәм бар болыўдың абсурдлығы менен гүресиў процесинде жаратылады.
Демек, муҳаббат әҳмийетли, бирақ бирден-бир мәни дәреги емес.
Өмирдиң мәнисин излеў бул – өзин түсиниў, өзин жүзеге шығарыў ҳәм дүнья менен өз-ара қатнаста болыўдың турақлы процеси.
Бул процесске төмендегилерди киргизиўимиз мүмкин:
Өзин жүзеге шығарыў: өз имканиятын ашыў, талант ҳәм қәбилетлерди жүзеге шығарыў.
Жәмийетке үлес қосыў: басқа адамлар ушын пайдалы зат жаратыў, мүтәжлерге жәрдем бериў.
Руўхый өсиў: Өмирден өз орнын әлемде табыў, дүньядағы өз ролин түсиниў.
Беккем қатнасықларды жаратыў: тек ғана муҳаббат қатнасықлары емес, ал дослық, шаңарақлық ҳәм кәсиплик қатнасықлар да.
Өзин ҳәм дүньяны қабыллаў: өзи ҳәм қоршаған орталық пенен үнлес жасаў.
Бурынғы сүйиклисине қапа болыў бахытсызлық белгиси. Оған, қосыламан. Бирақ, өтмишти қойып жибере алмаў психологиялық травма ямаса ер жетпегенликтиң нәтийжеси болыўы да мүмкин.
Кешириўди, қапашылықларды қойыўды ҳәм унамсыз сезимлер менен қалып кетпестен алдыңға умтылыўды үйрениў де әҳмийетли.
Жуўмақлап айтқанда, өмирдиң мәниси бул – статик жуўап емес, ал динамикалық процесс болып, оны излеўимиздиң өзи өмиримизди өзине тән етеди.
Муҳаббат бул излениўдиң әҳмийетли бөлеги, бирақ өмирдиң мақсетин ҳәр ким өзи белгилеўи керек!
Қарақалпақстан хабар агентлиги