Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Шөллениўге қарсы гүресиў ҳаққындағы конвенциясы Тәреплер конференциясының (СОР16) 16-сессиясы шеңберинде Өзбекстан делегациясы БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ўәкиллери менен ушырасты.
Сөйлесиўлерде Өзбекстан делегациясына экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов басшылық етти, сондай-ақ, аўыл хожалығы министриниң орынбасары Алишер Шукуров та қатнасты.
Сөйлесиў процесинде бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, климат өзгериўине қарсы гүресиў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм аўыл хожалығын турақлы раўажландырыў мәселелери додаланды.
Өзбекстан делегациясы усы тараўлардағы басламаларды әмелге асырыўда көрсетип атырған жәрдеми ушын ФАОға миннетдаршылық билдирди. Тийкарғы мәселелерден бири ФАОның Өзбекстандағы ўәкилханасының басламасы менен “FOLUR” жойбары шеңберинде таярланған «Өзбекстанда қум ҳәм шаң боранлардың тәсирин анықлаў ҳәм оларды сапластырыў ушын атмосфераны моделлестириў» есабаты болды.
Буннан тысқары ушырасыў даўамында «Жасыл мәкан» улыўмамиллий бағдарламасы, атап айтқанда, оның шеңберинде кең көлемли түрде тоғайлақларды жаратыў илажларын нәзерде тутатуғын бирге ислесиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Аралбойы регионы машқаласын шешиўде халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўдиң әҳмийетли екенлиги, улыўма, регионда экологиялық тең салмақлылықты тиклеўде Орайлық Азия мәмлекетлериниң биргеликтеги ис-ҳәрекетлери талап етилетуғыны атап өтилди.
Жуўмағында тәреплер шерикликти беккемлеў, тәбийғый ресурсларды сақлаў ҳәм регионның турақлы раўажланыўына үлес қосатуғын биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға садық екенин тастыйықлады.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА