Қытай Халық Республикасының пайтахты Пекин қаласында «Өзбекстан туризм жылы» илажы басланды. Бул илаж усы жылдың январь айында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қытайға мәмлекетлик сапары ўақтында ерисилген келисимлерге муўапық өткерилмекте.
«Өзбекстан туризм жылы» илажлары шеңберинде Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиев ҳәм ҚХР мәденият ҳәм туризм министриниң орынбасары Ли Йингчуан арасында сөйлесиўлер болып өтти.
Ушырасыўда туризм тараўындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны ҳәр тәреплеме кеңейтиў бойынша кейинги қәдемлер ҳәр тәреплеме додаланды. Қытай тәрепи «Өзбекстан туризм жылы»ның барлық илажларын биргеликте жоқары дәрежеде өткериўге таяр екенлигин тастыйықлады. Ли Йингчуан жақын жыллары Өзбекстан қытайлы туристлер ушын сүйикли бағдарлардан бирине айланатуғынына исеним билдирди.
«Өзбекстан туризм жылы» шеңберинде Пекин, Шанхай, Гуанчжоу, Ханчжоу, Сиань, Тянзинь, Шэньчжэнь, Чэнду қалаларында ҳәр қыйлы илажлар болып өтетуғынын мағлыўмат орнында айтыў керек.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА