Бүгин мәмлекетшилик тарийхымызда биринши мәрте миллий парламентимиз аралас  сайлаў системасы тийкарында қәлиплести, жаңадан сайланған депутатлар алдында мәмлекетимиздиң раўажланыўына тийкар болатуғын әҳмийетли реформаларды әмелге  асырыў ўазыйпасы турыпты. Онда, халықаралық тәжирийбелер тийкарында жумысты жетилистириў, инновациялық процесслерди енгизиў талап етиледи.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында парламент изертлеўлери институты тәрепинен Конрад Аденауэр атындағы қордың регионаллық ўәкилханасы  менен биргеликте «Пропорционал сайлаў системасы тийкарында сайланған депутат жумысын шөлкемлестириўдиң Германия тәжирийбеси» темасында халықаралық әмелий семинар өткерилди.

Онда  сиясий партия фракцияларының ағзалары, германия парламентиниң депутатлары, Парламент изертлеўлери институтының хызметкерлери, Конрад  Аденауэр  атындағы қордың регионаллық ўәкилханасы ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, жаңаланған Конституциямыз тийкарында миллий парламентимиздиң  демократиялық келбети түп-тийкарынан өзгерди. Парламентимиз  мәмлекетшилик тарийхымызда биринши мәрте аралас сайлаў системасы тийкарында  қәлиплести. Сонлықтан, партия дизими тийкарында  сайланған депутатлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў үлкен әҳмийетке ийе.

Илаж алдында Германия парламентиниң ағзалары соңғы жылларда Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында әмелге асырылып атырған жедел реформаларды жоқары баҳалады. Бундестаг депутатлары тәрепинен Германия сайлаў  нызамшылығының өзине тән өзгешеликлери, депутатлардың сайлаўшылар менен ислесиўиниң әҳмийетли принциплери ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Семинар  өз-ара тәжирийбе алмасыў тийкарында өтти. Жуўмақта депутатлардың жумысын шөлкемлестириў бойынша дүркин ушырасыўлар шөлкемлестириўге  келисип алынды.

М.Комилова, ӨзА