Өзбекстан қоңсы мәмлекетлер менен халықаралық автомобиль тасыўлары тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеп, тараўдағы имканиятлар көлемин кеңейтип бармақта.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министриниң биринши орынбасары М.Омаров ҳәм Тәжикстан Республикасы Транспорт министриниң орынбасары Ш.Саидмуродзада басшылығында автомобиль тасыўлары мәселелери бойынша биргеликтеги комиссия мәжилиси өткерилди.

Онда мәмлекетлеримиз арасында халықаралық автомобиль тасыўлары тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте тәреплер сондай-ақ, халықаралық автомобиль тасыўлары тараўындағы бирге ислесиў жағдайы ҳаққындағы мәлимлемелер бойынша пикир алысты. Нәтийжеде 2025-жыл ушын руқсатнама бланкаларын алмасыў квоталары келисип алынды, делинеди Транспорт министрлигиниң мағлыўматында.

Сондай-ақ, жүк тасыўлар процесин жеделлестириў мақсетинде мәмлекетлер арасында руқсатнама бланкаларын «Е-Permit» электрон алмасыў системасын енгизиўди жеделлестириў менен байланыслы тәреплерди додалады.

А.Рустамов, ӨзА