Ҳуқық билимданлары – Улыўма миллий Конституция имтиханының жеңимпазлары анықланды

302

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығы мүнәсибети менен Әдиллик министрлиги ҳәм Ташкент мәмлекетлик юридика университетиниң Мақсетли капитал (Endowment fund) жәмийетлик фонды менен биргеликте Ҳуқық билимданлары – Улыўмамиллий Конституция имтиханы өткерилди.

Имтиханда республиканың барлық аймақларынан, сондай-ақ, сырт мәмлекетлерде болып тураған жәми 37 мың 764 пуқара қатнасты.

Таңлаў үш басқышта шөлкемлестирилди. Биринши басқышта қатнасыўшылар huquqiyaxborot каналына өз жақынларын мирәт етип, рейтингте ең жоқары орын ийелеген қатнасыўшылар екинши басқышқа өтти.

Екинши басқыш test.adliya.uz сайтында быйылғы жылдың 27-ноябрь күни өткерилди. Онда қатнасыўшылар тест сораўларына жуўап берди. Тест сораўларына ең көп ҳәм тез жуўап берген 10 қатнасыўшы үшинши басқышқа өтти.

Үшинши басқыш сәўбет түринде шөлкемлестирилип, тез сораў-жуўап ҳәм казуслардан ибарат болды.

Баҳалаў нәтийжесине бола, ең жоқары балл топлаған үш қатнасыўшы жеңимпазлықты қолға киргизди. Жеңимпазлар диплом ҳәм ақшалай сыйлық пенен сайлықланды.

Биринши орынды ийелеген қашқадәрьялы мектеп оқыўшысы Ҳасан Раҳимов 20 миллион сум, екинши орынды қолға киргизген сырдәрьялы лицей оқыўшысы Дониёр Ҳакимов 12 миллион сум, үшинши орынды алған қарақалпақстанлы мектеп оқыўшысы Азамат Аманбаев 8 миллион сумға ийе болды.

Н.Абдураимова, ӨзА