Москвада болып өткен «Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлерине жуқпалы кеселликлерди алдын алыў тараўында техникалық жәрдем көрсетиў бағдарламасы» шеңбериндеги  конференцияда АИВ/АИЖС, гепатитлер ҳәм басқа жуқпалы кеселликлер тарқалыўы үстинен нәтийжели  қадағалаўды тәмийинлеўде Шығыс Европа  ҳәм Орайлық Азия денсаўлықты сақлаў системасын қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылған жумыслар есап-санақ етилди. Онда мәмлекетимиз, Армения, Қырғызстан, Тәжикстан тараў хызметкерлери қатнасты.

Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитети баслығының мәсләҳәтшиси Д.Кузиева, Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў орайы директоры ў.а Б.Убайдуллаев Өзбекстанда АИВ/АИЖС, гепатитлер ҳәм басқа жуқпалы кеселликлер диагностикасы ҳәм  алдын алыў ҳәм тараў хызметкерлериниң бул бағдарда билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар  бойынша  атап өтти.

Конференция даўамында басқа мәмлекетлерде бул бағдардағы жағдай ҳәм жуқпалы  кеселликлердиң алдын алыў ҳәм диагностикалаў ҳаққындағы жумыслар  бойынша презентация исленди. Вируслы гепатитлерди емлеў, аймақларда  халықты медициналық тексериўден өткериў бойынша тәжирийбе алмасты.

Россия Федерациясы, Армения, Қырғызстан ҳәм Тәжикстаннан келген қәнигелер  менен Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлығы тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў  орайының курсантлары ушын онлайн шеберлик сабақларын шөлкемлестириў бойынша келисип алынды.

Сондай-ақ, делегация ағзалары тәрепинен жойбар жумысын жаңа дәрежеге алып  шығыў, билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, мобиль клиникалардың санын көбейтиў, халықты емлеў ҳәм вируслы гепатитлер бойынша жаңа изертлеўлерди өткериў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Моҳигул Қосимова, ӨзА