Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шығыў даўамында денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм экономика тараўлары бойынша додалаўларда депутатлар тәрепинен көтерилген мәселелерге ашық-айдынлық киргизилди. Айрым тийкарлы усыныслар бюджет ҳәм салық системаларын жетилистириў процесинде инабатқа алынғаны айтып өтилди.
Атап айтқанда, фракциялар ағзаларының бир қатар пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда нызам жойбарына өзгерислер киргизилмекте. Соның ишинде, ӨзЛиДеП фракциясы ағзаларының усынысына муўапық аўыр жағдайға түскен, социаллық қорғаўға мүтәж балаларды анықлаў ҳәм жәрдем көрсетиў ушын Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондына қосымша 35,5 миллиард сум қаржы ажыратылыўы белгиленбекте.
«Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясы ағзалары тәрепинен берилген усынысларға тийкарынан кинематография тараўын жаңа басқышқа көтериў, уллы ата-бабаларымыздың илимий, мәдений ҳәм мәнаўий мийрасын көрсетиўши «Тири тарийх» фильмлер дүркинин жаратыў ҳәм көркем ҳәўескерлик топарларының жумысын қоллап-қуўатлаў, олар тәрепинен көрсетилип атырған мәдений бағдарлдамаларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў ушын қосымша 40 миллиард сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылмақта.
«Адолат» СДП фракциясы ағзалары тәрепинен Олий Мажлистиң Инсан хуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) институтының мәмлекетимизде инсан хуқықларын тәмийинлеў, зорлық ҳәм келиспеўшиликлердиң алдын алыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырыўы ушын материаллық-техникалық базасын жақсылаў бойынша берген усыныслары әҳмийетли деп табылып, қосымша 3,1 миллиард сум қаржы ажыратылатуғын болды.
ӨзХДП фракциясының усынысына муўапық республикада миллий квалификация системасын раўажландырыў, мийнет базары ҳәм билимлендириўдиң өз-ара интеграциясын тәмийинлеў, маманлыққа болған талапларды хуқықый ҳәм институционаллық жақтан тәртипке салыў мақсетинде Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанындағы Миллий квалификация системасын раўажландырыў институтын шөлкемлестириў қәрежетлери ушын қосымша 10,6 миллиард қаржы ажыратылыўы белгиленди.
Экологиялық партия фракциясы тәрепинен берилген усынысларға бола, «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңбериндеги ҳәрекетлер ушын қосымша 100 миллиард сум қаржы ажыратылмақта.
Буннан тысқары, фракция ағзаларының усынысына бола, Қарақалпақстан Республикасында тоғайшылық тараўы илимий-тәжирийбе станциясын шөлкемлестириў қәрежетлери ушын қосымша 9,5 миллиард сум қаржы ажыратылатуғын болды.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы